Астрономия ҳәм астрофизика тийкарлари пәни бойинша лекция тексти. 2010.
Кирисиў
Астрономия Əлем ҳаққындағы илим болып, аспан денелери менен олардың системаларының қозғалысларын, қурылысын, пайда болыўын ҳəм раўажланыўын изертлейди. Астрономия Қуяшты ҳəм жулдызларды, планеталар менен олардың жолдасларын, кометаларды ҳəм метеорлық денелерди, думанлықларды, жулдызлар системаларын ҳəм жулдызлар менен планеталардың арасындағы кеңисликти толтырып туратуғын материяны изертлейди.
Аспан денелериниң қурылысы менен раўажланыўын, олардың ийелеп турган орынларын, кеңисликтеги козғалысларын изертлей отырып астрономия Əлемниң тутасы менен алгандағы қурылысы менен раўажланыўы ҳаққындағы көз-қарасларды пайда етеди. «Астрономия» сөзи еки грек сөзинен келип шыққан: «астрон» — жулдыз ҳəм «номос» — нызам.
Аспан денелерин изертлегенде астрономия өз алдына избе-из шешилиўди талап ететуғын үш тийкарғы мəселени қояды:
1. Аспан денелериниң кенисликтеги көринетуғын, ал оннан кейин ҳақыйқый аўҳаллары менен қозғалысларын үйрениў, олардың өлшемлери менен формаларын
анықлаў.
2. Аспан денелериниң физикалық қурылысын, яғный химиялық қурамы менен аспан денесиниң бети ҳəм ишиндеги физикалық шараятларды үйрениў (тығызлық, температуралар ҳ.т.б.).
3. Айырым аспан денелерин менен олардың системаларының пайда болыўы менен раўажланыў мəселелерин шешиў.
Биринши мəселе əййемги заманларда басланған бақлаўларды даўам етиў ҳəм 300 жылдан бери белгили механиканың нызамлары тийкарында шешиледи. Сонлықтан астрономияның бул областында əсиресе Жерге жақын объектлер ушын ең бай мағлыўматлар жыйнағына ийемиз Аспан денелериниң физикалық қурылыслары ҳаққында биз кемирек билемиз. Екинши мəселеге тийисли сораўларға жуўап бериў шама менен жүз жылдай бурын, ал тийкарғы машқалаларды шешиў тек соңғы жыллары басланды.
Үшинши мəселе дəслепки еки мəселеден кыйынырақ. Оны шешиў ушын жыйналған материаллар еле жеткиликли емес. Сонлықтан астрономия бойынша бизиң билимлеримиз улыўмалық көз-қараслар ҳəм ҳақыйқатлыққа уқсас гипотезалар менен шекленеди.
Енди биз астрономия илими бойынша XX əсирдиң жуўмақлары менен XXI əсирде шешилиўи керек болған мəселелер ҳаққында тоқтап өтемиз.